Атрофга назар

Реформалар_әмелде: ӘНДИЖАНЛЫ ҚӘНИГЕЛЕР МЕНЕН ТӘЖИРИЙБЕ АЛМАСЫЛДЫ


12.03.2022   411

Кегейли районын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў бойынша бириктирилген Әндижан ўәлаяты ҳәкимлиги тәрепинен районда бир қатар әмелий жумыслар алып барылып, ҳәр бир тараўда бирге ислесиўди шɵлкемлестириў, ɵз-ара тәжирийбе алмасыўды жолға қойыў бойынша жумыслар әмелге асырылмақта.

Усы тийкарда бүгин райондағы11-санлы МШБШ де Әндижан ўәлаятынан келгенМШББ ниңбир қатар методист ҳәм шɵлкем баслықларымененрайонда усы тараўда жумыс алып барып атырған қәнигелер арасында ɵз-ара тәжирийбе алмасыў мақсетинде семинар-тренинг ɵткерилди.

Семинарда, белгиленген реже тийкарында жумысларды нәтийжели шɵлкемлестириў,педагоглар хызметине шет ел тәжирийбесин ҳәм заманагɵй технологияларды енгизиў ҳәм усы арқалы тараўды жаңа басқышқа кɵтериў бойынша әмелий шынығыўлар ɵткерилди.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети